Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Халықта саламат турмыс тәризин қәлиплестириў бағдарындағы жумысларды буннан былай да жеделлестириў, кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм емлеўдиң алдыңғы тәжирийбесин енгизиў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 25-июльдеги «Коронавирус пандемиясын жумсартыў, халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығы ҳәм саламатлығын сақлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6035-санлы Пәрманына муўапық:
- 1. Төмендегилер медициналық профилактиканың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
дәслепки профилактика-қолайлы қоршаған орталықты жаратыў (экологиялық жағдай, инсанлардың мийнет, жасаў ҳәм дем алыў шараятларын жақсылаў), халықтың саламатлығына унамсыз тәсир етиўши өнимлер ислеп шығарылыўының алдын алыў, азық-аўқат өнимлерин, соның ишинде, унды фортификациялаў, дузды йодластырыў;
басланғыш профилактика – шаншыў, мақсетли скрининг ҳәм медициналық тексериўлерди әмелге асырыў, ақылға уғрас жумыс ислеў ҳәм дем алыў, спорт пенен турақлы шуғылланыў, дене шынықтырыў шынығыўларын күнделикли турмыс тәризине айландырыў, жеке гигиеналық қағыйдаларға әмел етиў, саламат ҳәм дурыс аўқатланыў, артықша салмақ ҳәм семизликти сапластырыў, зыянлы әдетлерге қарсы гүресиў, инсан саламатлығы, тәлим-тәрбияны жақсылаў бойынша илажларды көриў, халықтың медициналық мәдениятын арттырыў;
екилемши профилактика – айырым жағдайларда иммун жағдайының кемейиўи, қатты шаршаў, адаптив жетиспеўшиликлер себебинен жүзеге келетуғын кеселликлердиң келип шығыўы, ҳәўиж алыўы ямаса қайталаныўына алып келиўи мүмкин болған анық қәўип-қәтер факторларын сапластырыў бойынша илажлар комплексин ислеп шығыў ҳәм оны әмелиятқа енгизиў, сондай-ақ, медициналық-санитариалық жәрдем мәкемелериниң жумысын муўапықластырыў.
- 2. 2021-жыл 1-январьдан баслап 40 ҳәм оннан жоқары жастағы пуқараларда жүрек қан-тамыр қәўпин (гипертония, инфаркт, инсульт, қантлы диабет ҳәм басқа да қәўипли факторларды) анықлаў бойынша системалы түрде скрининг тексериўлериниң өткерилетуғыны;
Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыў орайы (кейинги орынларда – Орай)ның район (қала)лық бөлимлери көп тармақлы оралық поликлиникалардың имраталарында жайласатуғыны және олардың хызметкерлери (кейинги орынларда – жәмийетлик саламатлық системасының қәнигелери) тәрепинен әмелге асырылып атырған үгит-нәсиятлаў жумыслары менен бир қатарда пуқараларға медициналық-профилактикалық хызметлер (мәсләҳәтлер, тексериўлер ҳәм басқалар) көрсетип барылатуғыны;
мәҳәллелерде, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, улыўма биим бериў мектеплери ҳәм жоқары және орта арнаўлы билимлендириў мәкемелеринде саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге жәрдемлесиўши волонтёрлар (соның ишинде, напақадағы шыпакерлер, муғаллимлер, зыялылар ҳәм басқалар) жәмийетлериниң шөлкемлестирилетуғыны белгилеп қойылсын.
- 3. Төмендегилер жәмийетлик саламатлық системасы қәнигелериниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
халық арасында жеке ҳәм жәмийетлик гигиена, саламат турмыс тәризин қәлиплестириўде қатнасыў, халықты сораў-жуўап ҳәм тексериўлерден өткериў арқалы оларда жуқпалы болмаған кеселликлердиң қәўипли факторларын анықлаў ҳәм индивидуал мәсләҳәт бериў;
саламат аўқатланыў принциплери, физикалық белсендилик тийкарлары, жеке гигиенаның әҳмийети, зыянлы әдетлерге берилмеў бойынша түсиндириў илажларын шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў;
жуқпалы болмаған кеселликлердиң алдын алыў бағдарында профиликатикалық илажларды шөлкемлестириў ушын аймақта жумыс ислеп атырған кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң дизимин қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў;
жуқпалы кеселликлер дизимге алынған аймақларда олар бойынша саламатландырыў илажын ислеп шығыў, аймақлық медицина хызметкерлери менен илажларды шөлкемлестириў ҳәм олардың орынланыўын қадағалап барыўда қатнасыў.
- 4. Денсаўлықты сақлаў министрлиги Орайды тартқан ҳалда мәҳәллелер ҳәм халықтың үйлеринде, соның ишинде, узақ ҳәм алыс аймақларда халық арасында саламат турмысты қәлиплестириў, дене шынықтырыў шынығыўларын күнделикли турмыс тәризине айлантырыў, жеке гигиеналық қағыйдаларға әмел етиў. саламат ҳәм дурыс аўқатланыў, артықша салмақ ҳәм семизликти сапластырыў, зыянлы әдетлерге қарсы гүресиў, пуқаралардың өз саламатлығына болған қатнасын түп-тийкарынан өзгертириў бойынша системалы түрде үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барсын.
Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкентт қаласы ҳәкимликлери усы бәнтте көрсетилген илажларды сапалы ҳәм толық әмелге асырыў ушын:
республика бюджети ҳәм жергиликли бюджет қаржылары есабынан Орайға 2021-жылы 2 миллиард сум ажыратсын;
2022-жыл ҳәм келеси жылларда республикалық бюджет ҳәм жергиликли бюджет параметрлеринде 2021-жылда ажыратылып атырған қаржылардан аз болмаған муғдарда қаржылардың ажыратылыўын нәзерде тутсын.
Орай (Б.Т.Одилова) бир ай мүддетте усы бәнтке тийкарланып ажыратылып атырған қаржылардан нәтийжели пайдаланыў және анық илажларды әмелге асырыў бойынша «Жол картасы»н ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
Министрлер Кабинети Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Миллий телерадиокомпания, мәмлекетлик емес телерадиоканаллар және мәпдар шөлкемлер менен биргеликте үш ҳәпте мүддетте саламат турмыс тәризин алып барыў мәселелерине бағышланған орайлық-аймақлық ҳәм мәмлекетлик емес телеканалларда «Саламатлық сааты» ҳәм басқа да арнаўлы телекөрсетиўлер шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
- 5. Министрлер Кабинети жанында Кеселликлер профилактикасы ҳәм жәмийетлик саламатлық мәселелери бойынша Муўапықластырыўшы комиссия (кейинги орынларда – Муўапықластырыўшы комиссия) шөлкемлестирилсин ҳәм оның қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Төмендегилер Муўапықластырыўшы комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
жәмийетлик саламатлықты қорғаў, халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығы ҳәм кеселликлер профилактикасы тараўында мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысын олардың тығыз бирге ислесиўи, нәтийжелилиги ҳәм жумыс үйлесимлилигин тәмийинлеў мақсетинде муўапықластырыў;
усы қарарда нәзерде тутылған барлық илажлардың толық, сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын шөлкемлестириў;
кеселликлер профилактикасы бойынша бағдарлама ҳәм илажлардың ҳәр бир ўәлаят, район (қала) шеңберинде әмелге асырылыўын және жуўапкерлер тәрепинен олардың сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў;
кеселликлер жүзеге келиўиниң алдын алыўға ҳәм оларды азайтыўға, олардың жуғыў жоллары ҳәм факторларына тәсир көрсетиўге ҳәм техноген түрдеги айрықша жағдайлар менен байланыслы болған белгилердиң ақыбетлерин сапластырыўға қаратылған профилактикалық илажлардың өткерилиўин шөлкемелстириў;
Жәмийетлик саламатлықты қорғаў бойынша белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўға тосқынлық ететуғын системалы кемшиликлердиң келип шығыў себеплери ҳәм шараятларын анықлаў, таллаў ҳәм сапластырылыўын шөлкемлестириў;
барлық социаллық топарларды қамтып алған ҳалда пуқаралардың саламат турмыс тәризин, соның ишинде, саламат аўқатланыў, физикалық белсендилик, санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел етиў көнликпелерин қәлиплестириў ҳәм раўажландырыўға қаратылған илажлардың ислеп шығылыўын тәмийинлеў;
халық арасында саламат турмыс тәризиниң тийкарлары, соның ишинде, саламат аўқатланыў ҳәм жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиў, физикалық белсендиликти қоллап-қуўатлаў, зыянлы әдетлерге қарсы гүресиў бойынша ғалаба хабар қурллары арқалы кеңнен үгит-нәсиятлаў жумысларының шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў;
санитариялық-гигиеналық, эпидемияға қарсы, заманагөй ҳәм жеке тәртиптеги илажлар тийкарында денсаўлықты сақлаў ҳәм беккемлеўдиң социаллық-профилактикалық бағдарларын раўажландырыў бойынша илажлар көриў;
мүлкшилик түрине қарамастан барлық кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң жумысын бирлестириўши, халықтың саламатлығын қорғаў, үгит-нәсиятлаў ҳәм хошаметлеўди нәзерде тутатуғын бир пүтин системаның жаратылыўын тәмийинлеў;
халықтың саламатлық жағдайын мониторинг етиўдиң бирден-бир интерактив системасын жаратыў ҳәм бул бағдарда заманагөй мәлимлеме және инновациялық технологиялардык енгизилиўин шөлкемлестириў;
халықаралық стандартлар тийкарында турақлы популяция тексериўлери ҳәм кеселликлерди келтирип шығаратуғын қәўипли факторлар бойынша изертлеў және сораўлардың өткерилиўин шөлкемлестириў.
- 6. Министрлер Кабинети жанындағы Кеселликлер профилактикасы ҳәм жәмийетлик саламатлық мәселелери бойынша Муўапықластырыўшы комиссияның жумысын шөлкемлестириў, тараў бойынша министрлик ҳәм уйымлардың республика-ўәлаят-район дәрежесиндеги ўазыйпаларының бөлистирилиўи 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги Муўапықластырыўшы комиссияның жумысшы уйымы болып есапланатуғыны;
Муўапықластырыўшы комиссияның өз ўазыпалары шеңберинде қабыл еткен қарарлары мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли атқарыў ҳәкимиятының уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер ушын орынланыўы мәжбүрий болып есапланатуғыны;
Муўапықластырыўшы комиссия өз ўазыйпаларын әмелге асырыўда тийисли министрликлер ҳәм уйымлар оған ўәкилликлери шеңберинде ҳәр тәреплеме жәрдем беретуғыны және соралған зәрүр мағлыўматларды усынып баратуғыны;
Денсаўлықты сақлаў министрлиги кеселликлер профилактикасы ҳәм жәмийетлик саламатлықты қорғаў бойынша қабыл етилген бағдарламалар ҳәм илажлардың орынланыўы бойынша ҳәр шеректе Министрлер Кабинетине тийисли усынысларды киргизип баратуғыны белгилеп қойылсын.
- 7. Денсаўлықты сақлаў министрлиги еки ай мүддетте республиканың алыс ҳәм шетки аймақларында шаңарақлық шыпакер, тар тараў қәнигелери ҳәм патронаж мийрибийкелерине болған талапты қаплаў және халыққа қәнигели медициналық жәрдем көрсетиўди және де жақсылаў мақсетинде ҳәр бир медицина мәкемесинде зәрүр штат бирликлерин енгизиў тийкарлылығы бойынша Министрлер Кабинетине мәлимлеме-таллаў мағлыўматнамасын киргизсин.
- 8. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 3-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- 9. Денсаўлықты сақлаў министрлиги еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 10. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри А.М.Хаджибаев, денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары А.Ш.Иноятов, Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызметиниң баслығы Б.К.Юсупалиев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
Усы қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Тўйчиевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 12-ноябрь