USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 19 Декабрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

РЕПРЕССИЯ ҚУРБАНЛАРЫНЫҢ МИЙРАСЫН БУННАН БЫЛАЙ ДА ТЕРЕҢ ҮЙРЕНИЎ, ОЛАРДЫҢ ЕСТЕЛИГИН МӘҢГИЛЕСТИРИЎ ЖУМЫСЛАРЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲӘМ МУЎАПЫҚЛАСТЫРЫЎ БОЙЫНША РЕСПУБЛИКАЛЫҚ ЖУМЫСШЫ ТОПАРЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТИМИЗ ХАЛҚЫНА МҮРӘЖАТЫ

Ҳүрметли ўатанласлар!

Ўатанымыздың ғәрезсизлиги, халқымыздың азатлығы ҳәм еркинлиги, келешек әўладлардың тыныш ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў жолында мәртлик пенен гүрес алып барып әзиз жанларын пидә еткен, езиўши дүзим дәўиринде репрессия етилген ата-бабаларымыздың естелигин мәңгилестириў, олардың ислерин ҳәм мийрасын үйрениў және үгит-нәсиятлаў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның шинде, өткен дәўирде бул бағдарда әҳмийетли пәрманлар ҳәм қарарлар қабыл етилди. Елимизде 2001-жылдан берли ҳәр жылы 31-август – «Репрессия қурбанларын еске алыў күни» сыпатында кеңнен белгиленип келмекте. «Шейитлер естелиги» естелик комплекси қурылды. «Шейитлер естелиги» жәмийетлик фонды, Репрессия қурбанларының естелиги мәмлекетлик музейи және аймақлардағы жоқары билимлендириў мәкемелери жанында оның бөлимлери шөлкемлестирилди.

Маҳмудхожа Беҳбудий, Абдулла Авлоний, Исҳоқхан Ибрат, Абдурауф Фитрат, Абдулҳамид Шолпан, Абдулла Қадирий сыяқлы уллы ағартыўшы ата-бабаларымыздың естелигине бағышланған саўлатлы естеликлер, музейлер қурылды, дөретиўшилик мектеплериниң жумысы жолға қойылды. Сиясий репрессия жылларында наҳақтан қурбан болған ўатанласларымыздың атларын анықлаў, олардың қалдырған мийрасын үйрениў ҳәм кең жәмийетшиликке жеткериўге қаратылған илимий-изертлеў жумыслары, көркем ҳәм ҳүжжетли шығармалар дөретилмекте.

Дүньяда глобал қәўип-қәтерлер күшейип баратырған және миллий өзлигимизди аңлаў ҳәм ҳақыйқый тарийхымызды тиклеў ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе болып атырған бүгинги дәўирде езиўши дүзим тәрепинен аяўсыз репрессия етилген мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, илим, мәденият ҳәм көркем өнер, әдебият ғайраткерлериниң, әпиўайы кәсип ийеси болған мыңлаған ўатанласларымыздың исмлерин ҳәм естеликлерин мәңгилестириў, олардың ерлиги мысалында жас әўладымызды Ўатанымыз ҳәм халқымызға муҳаббат және садықлық руўхында тәрбиялаў әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта.

Бул бағдардағы тарийхый мағлыўматларды қалыс ҳәм шын мәнисинде үйрениў мәмлекетимиз ғәрезсизлиги қандай қыйын ҳәм қурамалы гүреслер менен қолға киргизилгенин, бүгинги еркин, азат ҳәм абат турмысымызды қәстерлеп сақлаў, қәдирлеп жасаў керек екенлигин буннан былай да терең аңлаўға хызмет етеди.

Көп миллетли халқымыздың пидайы перзентлери, ағартыўшы ата-бабаларымыздың турмысы ҳәм жумысы менен байланыслы ҳақыйқатты толық жүзеге шығарыў, оларға болған тарийхый әдилликти тиклеў, бул бағдардағы жумыслардың көлемин ҳәм нәтийжесин арттырыў мақсетинде Мәмлекетимиз басшысы және бир қайырлы ҳәм саўаплы ис иследи.

Мине усы жуўапкершиликли ўазыйпадан келип шығып, әзиз ўатанласлар, сизлерге мүрәжат етемиз:

  • шаңарағыңызда, мәҳәллеңизде, аўыл ямаса районыңызда, қалаңызда жасаған, репрессия қурбаны болған адамлардың турмысы ҳәм жумысына тийисли ҳүжжетлер, олар менен байланыслы буйымлар, жақын адамларыңыздан еситкен еске түсириўлериңиз болса,
  • пуқаралар урысы, коллективлестириў дәўири, шахсқа сыйыныў жыллары өз ана ўатанынан қуўылған, жақын ҳәм узық сырт елде жасаўға мәжбүр болған туўысқанларыңыз ҳаққында мағлыўматлар болса,
  • «өзбеклер иси», «пахта иси» деген наҳақ айыплаўлар процесинде судланған, жәбир көрген ҳәм қурбан болған жақынларыңыз ҳаққындағы материаллар болса,

барлық мағлыўматлар, ҳүжжет үлгилери, аты фамилиясы ҳәм мәнзиллери анық ҳәм қалыс сәўлеленген хат ҳәм басқа да жөнелтпелер түринде ямаса жеке мүрәжат жолы менен Жумысшы топар, «Шейитлер естелиги» жәмийетлик фонды уйымы, Репрессия қурбанларының естелиги мәмлекетлик музейи және оның аймақлардағы жоқары билимлендириў мәкемелериндеги бөлимлерине жибериўиңизди өтиниш етемиз.

Халық ҳәм Ўатан ғәрезсизлиги ҳәм әдиллик салтанаты жолында әзиз жанларын пидә еткен ҳәр бир ўатанласымыздың аты фамилиясын тиклеў ҳәм естелигин мәңгилестириўдей жуўапкершиликли ҳәм саўаплы ис ҳәммемиздиң сиясий ҳәм пуқаралық миннетимиз болып есапланады.

Республика жумысшы топарының мәнзили: 100011 Ташкент қаласы, Шайхантаҳур районы, Ә.Наўайы көшеси, 69-үй, Репрессия қурбанлары естелигиниң мәмлекетлик музейи. Электрон мәнзил: info@muzey-xotira.uz.