Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў ҳәм дәслепки қайта ислеў технологиясы кафедрасының ассистент-оқытыўшысы Гүлмира Абдиева гелиокептиргиш үскенесин ойлап таўып, оны ғалабалық түрде пайдаланыў ушын патент алды.
Филиал баспасөз хызметиниң бизге мәлим етиўинше, бул үскене жәрдеминде қуяш энергиясынан пайдаланған ҳалда мийўе ҳәм овощ өнимлерин кептириў мүмкин.
Мағлыўмат ушын, илимпаз Гүлмира Абдиева өз ойлап тапқан гелиокептиргиш үскенеси ҳаққында «Қаўын кептириўдиң технологиялық процеси ҳәм үскенелери параметрлерин ислеп шығыў» темасындағы техника илимлери бойынша философия докторы илимий дәрежесин алыў ушын жазылған диссертация жумысында келтирип өткен еди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.