Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасына қараслы сыртқы экономикалық хызмет бажыхана постлары тәрепинен усы жылдың дәслепки 9 айы даўамында 243,8 миллион АҚШ доллары муғдарындағы товарлар экспорт етилген. Бул ҳаққында басқарманың баспасөз хызмети хабар берди.
Химиялық санаат, фармацевтикалық өнимлер менен бирге республикамыз аймағында жетистирилген аўыл хожалығы өнимлери де аймақтың экспорт потенциалында турақлы орынға ийе тараўлардан болып есапланады.
Атап айтқанда, жыл басынан берли 7 миллион АҚШ доллары муғдарындағы 14 512 тонна мийўе-овощ өнимлери тийкарынан Қазақстан, Россия, Тәжикстан ҳәм Ирак мәмлекетлерине экспорт етилди.
Быйылғы жылы мийўе-овощ өнимлериниң экспорты өткен жылға салыстырғанда дерлик 2 есеге артқан.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.