Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен биргеликте өткерилген «Өзбек тилин оқытыўдың ең жақсы методикасы» таңлаўында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты түркий тиллер факультети өзбек тили кафедрасының оқытыўшылары Шаҳло Юлдашева, Дурдона Қабулова ҳәм Гулара Юсупова I дәрежели диплом менен сыйлықланды.

 

Институт профессор-оқытыўшылары  бул таңлаўда «Ўзбек тили» сабақлығы, «Имло қоидаларини ўрганамиз» электрон оқыў басылымы ҳәм «Саводхон» мобиль қосымшасы ушын сыйлақланды.

 

– Таңлаўдың өткерилиўи жоқары оқыў орынларында өзбек тилин оқытыўдың жаңа ҳәм нәтийжели методлары бойынша илимий излениў алып барыў, алдынғы педагогикалық технологияларды кең түрде енгизиў, заманагөй оқытыў ҳәм баҳалаў критерияларын ислеп шығыў, мәмлекетлик тилге байланыслы машқалаларды шешиўде дөретиўшилик қатнасты раўажландырыўға хызмет етеди, – дейди педагогика илимлериниң кандидаты, доцент Шаҳло Юлдашева.

 

Авторлар тәрепинен исленген сабақлық Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти фонды қаржылары есабынан баспадан шығарылатуғын болды.

 

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.