Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимий-изертлеў институты археология бөлиминиң баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы, тарийх илимлериниң кандидаты, профессор Ғайратдин Хожаниязов қайтыс болды.

 

Ғ.Хожаниязов 1948-жылы Қараөзек районында дүньяға келген. 1972-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты (ҳәзирги Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты)ның тарийх факультетин питкерген.

 

Археолог Ғ.Хожаниязов 1980-жыллардан баслап Арқа қарақалпақ, Қубла қарақалпақ, Қызыл қала, Жампық қала, Миздақхан археологиялық экспедицияларын шөлкемлестирди ҳәм оларға басшылық етти. ЮНЕСКОның 1989-1991-жыллардағы «Уллы Жипек жолы – диалог жолы» халықаралық экспедициясында Хийўа, Хожели, Шымбай қалаларының жасын анықлаў бойынша илимий-изертлеў жумысларына белсене қатнасты.

 

Ол 1995-жылдан ҳәзирги күнге шекем даўам етип киятырған «Қарақалпақстан – Австралия» халықаралық археологиялық экспедициясының тийкарғы атқарыўшыларының бири болды. АҚШтың Предью, Бостон ҳәм Калифорния университетлериниң археологлары менен Қыят оазиси естеликлеринде изертлеў жумысларын алып барды.

 

Илимпаз Ғ.Хожаниязов басшылығында әййемги ҳәм орта әсир Аралбойы аймақларындағы Ақшүңгил, Ақшахан қаланың узын дийўалы, Дәли қала, Миздақхандағы Сулайман Хаддадий Мусавий комплекси – Ақ ханако, Қырантаў зардуштийлик некрополы, Кетменши баба, Порлытаў минарасы сыяқлы бирнеше жаңа археологиялық объектлер ашылды ҳәм изертлеў жумыслары жүргизилди.

 

Сондай-ақ, тиккелей оның қатнасыўында қарақалпақ халқының әдиўли перзентлери Жийен жыраў, Әжинияз, Өтеш, Мурат шайх, Ережеп бий, Аға баба Қулшы улы ҳәм басқа да тарийхый тулғалардың жерленген орынлары анықланды ҳәм атлары мәңгилестирилди.

 

2015-2019-жыллары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы сыпатында жумыс алып барды.

 

Оның мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен жоқары баҳаланып, 2003-жылы «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланған болса, 2008-жылы «Өзбекстан Қаҳарманы» мәмлекетлик атағы берилди.

Белгили алым, археолог Ғайратдин Хожаниязовтың қайтыс болыўына байланыслы марҳумның шаңарақ ағзалары, туўған-туўысқанлары, шәкиртлери, кәсиплеслери ҳәм барлық жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.