Хожели районлық Кеңесиниң депутаты Дилбар Ранова райондағы «Сүўенли» МПЖ турғынлары менен ушырасып, мүрәжатларын тыңлаған еди.

Ушырасыўда аймақтағы электр тармақларының талапқа жуўап бермейтуғынлығы, электр энергиясынан көп үзилислер болатуғынлығы мәлим болды. Депутат Д.Ранова «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары» филиалына депутатлық сораўнама жоллады.

Нәтийжеде районлық электр тармақлары кәрханасы тәрепинен усы аймақтағы 4 көшеге 530 миллион сумлық  темир бетон бағаналарын орнатыў, трансформатор пунктин қурыў ҳәм электр узатыў линияларын жаңадан тартыў жумыслары баслап жиберилди.

Сондай-ақ, ушырасыўда депутат Д.Рановаға  «Сүўенли» МПЖ аймағындағы көшелердиң жоллары талапқа жуўап бермейтуғынлығы, жаўын-шашынлы күнлеринде аймақ турғынлары балалар бақшасына, мектепке балларын апарыўға қыйналып атырғанлығы мәлим етилген еди.

Депутат жағдайды барып үйренип, жоллардың шынында да жаман аўҳалда екенлигин көрди ҳәм Хожели районы Абаданластырыў басқармасына депуталық сораўнама жиберди.

Жуўапкер мәкеме тәрепинен депутат сораўына муўапық, МПЖ аймағындағы К.Камалов көшесиндеги балалар бақшасына жүретуғын жолды  ремонтлаў жумыслары әмелге асырылды.

– Биз көп ўақыттан берли электр энергиясы ҳәм жол мәселесинде қыйналып киятырған едик,-дейди МПЖ баслығы Юсуп Хусайнов.  – Усы мәселелерди шешиўге жәрдем көрсетип, халықтың аўырын жеңиллеткени ушын депутатқа миннетдаршылық билдиремиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги