«Xabar.uz» басылымының жазыўынша, Өзбекстанда коронавирусты жоқ ететуғын технология жаратылған. Қәнигелердиң айтыўына қарағанда, дәслепки сынақлар табыслы өткен.
«Усы жылдың апрель айында инженерлеримиз ҳаўадағы микроб ҳәм бактерияларды жоқ ететуғын жаңа инновациялық технологияны жаратты. Дәслепки тәжирийбелер өткерилип, технология жетилистирилди. Май айынан баслап интенсив сынақлар, соның ишинде, бактерицид лампа, озонатор, ультрафиолет ҳәм кварцларға салыстырылып, имканиятлары тексерилди. Технология нәтийжелилиги жоқары болғанлығы, ўақыт тығызлығы, вирустың кем-кемнен көбейиўи себепли, қалалық вирусологиялық лабораторияда коронавирусқа қарсы сынап көриў бойынша бир тоқтамға келдик.
Сынақлар ҳаўадағы коронавирусты жоқ етиўге бағдарланған еди. Нәтийжелерге муўапық, инженерлеримиз тәрепинен жаратылған технология тек ғана ҳаўадағы емес, соның менен бирге, лабораторияның тегис бетиндеги бактерия, микроблар ҳәм коронавирусты да пүткиллей жоқ етти», – деп айтып өткен Чилонзор районлық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының баслығы Г.Мирзаева.
Д.Муҳамедова, Ташкент қалалық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Вирусологиялық лабораториясының баслығы:
«Коронавирус тек ғана ҳаўада белгили бир ўақытқа шекем емес, сондай-ақ, бөлмениң барлық бөлеги, тегис бетлеринде де сақланып қалыўын анықладық. Кейин жаңа технологияны 30 минут даўамында иске қосып, қайтадан сынақларды өткердик. Бокс ишинен тысқары, барлық орынлардағы коронавирус жоқ етилгениниң гүўасы болдық».
М.Қудратхўжаева, Ташкент қалалық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының баслығы:
«Ҳәзирше жаратылған технологияның сырт еллерде аналогы жоқ. Бирақ, Европа, АҚШ, Россия мәмлекетлериниң қәнигелери де коронавирустың ҳаўа ҳәм ҳаўа тамшылары арқалы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде уқсас технологиялар бойынша жумыс алып бармақта. Сынақлар даўамында сырт ел фармацевтикалық санаат шөлкемлери тәрепинен технологияны сатып алыў усыныслары да болған еди. Келисим бермедик, себеби, дәслеп, бул технология елимиз, халқымыз ушын хызмет етиўи керек. Ишки талаплар қанаатландырылғаннан соң, сырт еллерге реализациялаў мәселелери көрип шығылады.
Жақын күнлерде сынақлар өз жуўмағына жетеди. Кейин медициналық мәкемелер, дәрихана, мектеп, асханалар, тойхана сыяқлы халық көп жыйналатуғын орынларда қолланыў ушын усынысларды беремиз».
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.