Социаллық тармақлар жоқары оқыў орынларында оқыў жылы 2021-жыл февраль айына шекем аралықтан оқытыў тәризинде даўам етиўи мәлим етилгени ҳаққында хабарлар тарқалды. Бул хабарларға Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызметиниң баслығы Ф.Бабашевтиң «Sevimli» телеканалы хабаршысына берген интервьюсы тийкар етип көрсетилген. «Kun.uz» хабаршысы усы хабарға анықлық киргизиў мақсетинде министрликтиң мәлимлеме хызмети баслығы менен байланысты.

 

Министрлик ўәкилиниң мәлим етиўинше, ол интервьюда билимлендириўдиң дәстүрий формасына эпидемиологиялық жағдайдан келип шығып өтилиўин, бул 2-3 айдан кейин де, 2-семестрде де болыўы мүмкинлигин айтқан.

 

«Интервьюда мен айтқан айрым гәплер түсип қалған. Мен ҳәмме де дәстүрий оқытыў формасының нәтийжели екенлигин  билиўин, бирақ бул формаға өтиў ушын арнаўлы комиссияның қарары есапқа алыныўын, аралықтан оқытыў екинши семестрге шекем де даўам етиўин, екинши семестр болса февральда басланатуғынлығын айтқан едим.

 

Ҳәзирги ўақытта ҳәр қандай шараятқа таяр турыў мақсетинде оқытыў формасын аралықтан алып барыў ушын бир семестрлик бағдарламалар, видеосабақлар таярланбақта. Себеби, жағдайға қарап, дәстүрий формаға өтилетуғын болса, ҳәмме ушын жақсы. Биз анық сәнени ҳәзирден баслап айтып қойсақ, деген менен, сол ўақытта дәстүрий формаға өтилмейтуғын болса, оқытыўшылар онлайн сабақ материалларын таярлаўда қыйыншылыққа дус келиўи, студентлер де аралықтан оқытыў бойынша сабақларда толық қатнаспай қалыўы мүмкин», – деген Ф.Бабашев.

 

Министрликтиң баспасөз хаткери дәстүрий формаға өтиў ушын көп тәреплер есапқа алынатуғынлығын да атап өткен.

 

«Март айында 80 мың студент ўәлаятларға қайтарылған еди. Қабыллаў квоталарының көбейгени есабынан жаңа оқыў жылында 1-курслар менен қосып есаплағанда, 100 мың студент пайтахтқа (Ташкент қаласы – И.М.) келеди. Әдетте, пайтахтта август айында метро, автобусларда адамлар аз болады, сентябрьден баслап болса ҳәмме жерде адамлар көбейеди. Усының өзи оқыў жылы басланғанын билдиреди.

 

Пандемия шараятында 100 мың студенттиң пайтахтқа қайтыўы социаллық аралық сақлаў имканиятын кемейтеди. Бул – дәстүрий оқытыў формасына өтиў ушын итибар қаратылыўы керек болған бир тәреп.

 

Екинши тәрепи болса, ҳәзир студентлер турақ жайларының карантин аймақлары сыпатында пайдаланылып атырғаны ҳәм резервке қойылғаны менен байланыслы. Пайтахтқа қайтатуғын 100 мың студенттиң кеминде 30-40 мыңында жатақханада жасаўға мүтәжлик болады. Бундай жағдайда студентлер ижарада турыўына туўра келип қалады. Нәтийжеде студентлер бул жағдайдан наразы болыўы мүмкин», – деп атап өткен Ф.Бабашев.

 

Оның қосымша етиўинше, оқытыўды дәстүрий формаға өткериўден алдын барлық тәреплер есапқа алынады ҳәм соған қарай бир шешимге келинеди. Бирақ, бул қашан болатуғынлығы еле мәлим емес.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.