Түнги клублар, паб ҳәм барлар коронавирус инфекциясының тарқалыўы ушын ең қолайлы орынлар екен. Белгили «The Telegraph» басылымының тәжирийбели экспертлериниң қатнасыўында өткерилген сораў нәтийжелери усындай жуўмақ шығарыўға тийкар болған.

  Ноттингем университети молекуляр биология профессоры Жонатан Боллдың сөзлерине қарағанда, жоқарыда атап өтилген орынларға адамлар, әсиресе, сәўбетлесиў мақсетинде келеди. Буның үстине шериклери бир-бирине жақын турады. Бундай жағдайда қәўипсизлик ушын талап етилетуғын аралықты сақлаў жүдә қыйын.

Лестердеги Патшалық емлеўханасының вирусологи Жулиан Тангтың айтыўына қарағанда, спиртли ишимлик ишкен шахслар, тәбийғый жағдай, есин жоғалтады ҳәм зәрүр қағыйдаларды умытып қояды.

Мақала авторлары, сондай-ақ, мысал ретинде Қубла Кореядағы «супер тарқатыўшы» жигит пенен бирге болған ўақыяны да келтирген. Белгили болыўынша, сол «қаҳарман» бир түнниң ишинде 5 бар ҳәм түнги клубты аралап шыққан. Кейин ала  COVID-19 анализинде вирус бар екенлиги анықланып вирус тасыўшы жигит сол күни дем алыў  орынларында сейил еткенде 100 ден аслам пуқараға коронавирус кеселлигин жуқтырғаны анықланды. Буннан соң Сеул қаласы мэри бар ҳәм клубларды жабыў ҳаққында қарар шығарған.

 

ӨзА