Ташкент қаласында 19-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының биринши мәжилиси  басланды.

Онда Өзбекстан Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев қатнаспақта.

Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни жаңлады.

Сайлаў кодексине муўапық мәжилисти Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низомхўжаев ашты.

Олий Мажлис Сенатының қәлиплесиў процеси жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы жетилистирилген миллий сайлаў нызамшылығы талапларына бола ашық-айданлық сыяқлы демократиялық принциплер тийкарында әмелге асырылды.

Сенаторлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, ўәлаятлар, Ташкент қалалық, сондай-ақ, районлар ҳәм қалалық жергиликли Кеңеслердиң Сенат ағзалары сайлаўы бойынша биргеликтеги мәжилислеринде усы депутатлар арасынан жасырын даўыс бериў жолы менен сайланды.

Жоқары палатаның 9 ағзасы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 14-ноябрьдеги пәрманы менен тайынланды.

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы усы жылы 16-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының барлық ағзаларын дизимге алды.

Мәжилисте мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары басшылары, мәмлекетимиз ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнаспақта.

Мәжилис даўам етпекте.

Отабек МИРСОАТОВ(сүўрет),ӨзА