Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Уллы ойшыл бабамыз, матуридийлик тәлийматының тийкарын салыўшы имам Абу Мансур Матуридий ҳәм оның избасарларының мийрасын терең үйрениў, олардың диний исеним ҳәм калом илиминиң раўажланыўына қосқан шексиз үлесин изертлеў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў, миллий-диний қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыў, сол тийкарда жас әўладты ийгиликли улыўма инсаныйлық идеялар руўхында тәрбиялаў, оларда руўхый ҳәм ағартыўшылық түсиниклеримизге жат болған зыянлы тәсирлерге қарсы идеялогиялық имунитетти күшейтиў мақсетинде:
- 1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет (кейинги орынларда-Дин ислери бойынша комитет), Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы ҳәм Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайының Өзбекстан халықаралық академиясы жанында мәмлекетлик мәкеме түриндеги Имам Матуридий халықаралық илимий-изертлеў орайын (кейинги орынларда – Орай) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- 2. Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
диний исеним ҳәм калом илиминиң раўажланыўына үлес қосқан Имам Матуридий ҳәм оның избасарлары болған илимпазлардың үлкен илимий, диний-руўхый мийрасын терең үйрениў, олар жаратқан шығармалардың илимий-түсиндирме аўдарма ҳәм салыстырмалы текстлерин басып шығарыў, халық ҳәм дүнья жәмийетшилиги арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, усы темаларға байланыслы илимий изертлеўлерди системалы шөлкемлестириў;
ислам дининиң адамгершилик мәнисин, ағартыўшылық-мәдений ролин ҳәм раўажланыў бағдарларын илимий тийкарда үйрениў ҳәм халықтың кең қатламына, атап айтқанда, халықаралық жәмийетшиликке жеткериў
Имам Матуридий, Абу Муин Насафий сыяқлы илимпазлардың калом илиминиң раўажланыўына қосқан үлеси ҳәм оның раўажланыўында тутқан орнын терең изертлеў, жас әўладты миллетлер аралық ҳәм динлер аралық кеңпейиллик, өз-ара ҳүрмет, тынышлық-татыўлық сыяқлы ислам дининиң негизги қәдириятлары руўхында тәрбиялаў;
мәмлекетте және сырт ел китапханаларында ҳәм архив фондларында сақланып атырған уллы илимпазлардың калом илимине байланыслы мийрасы және ислам дүньясы ушын зәрүр илимий әҳмийетке ийе болған қолжазба, тасбаспа шығармаларының оригинал және электрон нусқаларын жыйнаў ҳәм келешек әўладқа жеткериў ушын системалы илимий изертлеўлерди шөлкемлестириў;
исламий илимлер, атап айтқанда, калом илиминиң тарийхы ҳәм оның бүгинги күндеги әҳмийетин илимий изертлеў тараўындағы халықаралық бирге ислеўди күшейтиў мақсетинде илимий-теориялық ҳәм методологиялық мәселелерге бағышланған әнжуман, конференция, симпозиум, көргизбе, илимий баянат, семинар-тренинг ҳәм таңлаўлар және басқа да мәдений-ағартыўшылық илажларды шөлкемлестириў;
изертлеў нәтийжелери бойынша энциклопедиялар, каталоглар, альбомлар, илимий-ғалабалық ҳүжжетли фильмлер, мәлимлеме-ресурс базасын таярлаў ҳәм ғалаба хабар қуралларында, соның ишинде Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында жәриялаўды шөлкемлестириў;
ислам тарийхы ҳәм калом илими бағдарларындағы жаңа изертлеўлер нәтийжелеринен илимий жәмийетшиликти кеңнен хабардар етиў;
«жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» идеясы тийкарында ислам дининиң илимий-ағартыўшылық, руўхый пәклик, тынышлық-абаданлық, раўажланыў ҳәм дөретиўшиликке шақыратуғын идеяларын халыққа, әсиресе, жасларға жеткериў, фанатизм, экстремизмниң мақсетлерин, идеялық тийкарларын, заманагөй көринислерин ҳәм жумыс усылларын үйрениў және оларға қарсы гүресиўдиң илимий-ағартыўшылық тийкарларын ислеп шығыў ҳәм әмелиятта қолланыў ушын усыныс етилсин.
- 3. Төмендегилер:
Имам Матуридий халықаралық илимий-изертлеў орайының жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм муўапықластырыў бойынша басқарыў кеңесиниң қурамы 1-қосымшаға муўапық;
2020-2024-жыллары Имам Матуридий ҳәм матуридийлик тәлийматын үйрениўди қоллап-қуўатлаў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 4. Орай директоры Дин ислери бойынша комитет пенен келисилген ҳалда, Өзбекстан халықаралық ислам академиясының ректоры тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғыны;
Имам Матуридий халықаралық илимий-изертлеў орайының жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм муўапықластырыў бойынша атқарыў кеңеси Орайдың жумысын муўапықластыратуғыны, оған жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда жәрдемлесетуғыны және жумысының тийкарғы бағдарларын белгилейтуғыны белгилеп қойылсын.
- 5. Орайдың жумысын қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;
нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- 6. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте:
Имам Матуридий халықаралық илимий-изертлеў орайының структурасын ҳәм уставын тастыйықласын;
Орай ушын зәрүр материаллық-техникалық базаны ҳәм инфраструктураны жаратыў бойынша тийисли илажларды көрсин;
Орайға жоқары мағлыўматлы қәнигелерди тартыў бойынша шөлкемлестириў жумысларын әмелге асырсын.
- 7. Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Дин ислери бойынша комитеттиң сырт ел изертлеўшилери ҳәм излениўшилери ушын Имам Матуридий атындағы халықаралық стипендияны шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Халықаралық стипендияға талабанлар Имам Матуридий ҳәм матуридийлик тәлийматы менен байланыслы изленислерди әмелге асыратуғын сырт ел изертлеўшилери ҳәм излениўшилери арасынан сайлап алынатуғыны;
Халықаралық стипендия ийелериниң Өзбекстандағы илимий изленислери халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары есабынан қаржыландырылатуғыны белгиленсин.
- 8. Өзбекстан халықаралық ислам академиясының ректорына:
сырт елдиң маман қәнигелерин илимий изертлеўши сыпатында тартып, оларға мийнет базарының әмелдеги конъюнктурасын есапқа алған ҳалда мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлерди белгилеў;
Орай илимий изертлеўшилери ҳәм қәнигелериниң сырт ел билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелеринде қәнигелигин арттырыўы ҳәм стажировка өтеўиниң баҳасы және соның менен байланыслы қәрежетлер ушын төлемлерди әмелге асырыў ҳуқықы берилсин.
- 9. Өзбекстан халықаралық ислам академиясы Орай ҳәм Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша Ислам шөлкемине (ICESCO) ағза еллер ҳәм басқа мәмлекетлердиң арнаўлы мәкемелери, университетлери арасында нәтийжели халықаралық бирге ислесиўди орнатыў ҳәм раўажландырыў бойынша анық илажларды көрип барсын.
- 10. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги еки ай мүддетте:
Орайда сийрек ушырасатуғын қолжазба шығармаларды үйрениў бойынша илимий-изертлеў жумысларына мәмлекетлик буйыртпа белгиленген тәртипте қәлиплестирилиўин;
Илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде орынланатуғын мақсетли илимий жойбарларға Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан Орайға қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.
- 11. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги жанындағы қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас бойынша «Эл-юрт умиди» қоры турақлы түрде Орайдың тийкарланған усыныслары тийкарында илимий хызметкер ҳәм изертлеўшилердиң сырт елде әмелият өтеўи ҳәм стажировкасын шөлкемлестириў және сырт ел илимий хызметкерлерин ҳәм изертлеўшилерин Орайға тартыў илажларын көрип барсын.
- 12. Орай илимий хызметкерлери ҳәм қәнигелерине Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-апрельдеги «Диний-ағартыўшылық тараў жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5416-санлы Пәрманының 11-бәнтиниң әмел етилиўи қолланылсын.
- 13. Дин ислери бойынша комитет еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 14. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.С.Қосимовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң социаллық раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары Б.А.Мусаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Шавкат МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 11-август