Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 12-август күни аймақларда санаатты раўажландырыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы жәжилис басында коронавирус пандемиясына байланыслы жағдайға тоқтап өтти. Соның ишинде, соңғы бир айда барлық аймақларда емлеў орынлары ҳәм дем алыў аппаратларының саны бир неше есеге көбейтилгени, емлеў усыллары жаңаланғаны және тез медициналық жәрдем хызмети күшейтилгени атап өтилди. Олардың нәтийжесинде мәмлекетимиз бойынша коронавирустан емлениў көрсеткиши 59 проценттен 77 процентке жетти. Вирус жуқтырғанлардың саны 32 мыңнан артқан болсада, олардың 25 мыңнан асламы саўалған, 7 мың наўқас емленбекте.

– Ҳәр  бир пуқарамыздың денсаўлығы ҳәм өмири ушын гүрести буннан былай да күшейткен ҳалда, экономикалық ҳәм социаллық тараўлардың турақлы ислеўин тәмийинлеў, халықтың  жасаў шараятын жеңиллетиў мақсетинде карантин талапларын басқышпа-басқыш жумсартыў зәрүр. Халқымыздың өзи оны өтиниш етпекте, – деди Шавкат Мирзиёев.

Усыны есапқа алып, 15-августтан автотранспорт қуралларының күн даўамында жүриўи, жергиликли авиа ҳәм темир  жол қатнаўы ушын рухсат бериў керек екенлиги айтылды. Санаторийлер, мийманханалар, музейлер, балалар дем алыў орайлары, дала ҳәўлилериниң ижарасы, гөззаллық салонлары, шаштәрезханалар, ашық ҳаўада хызмет көрсететуғын улыўма аўқатланыў объектлериниң жумысы да тикленеди. Белгиленген талапларға әмел еткен ҳалда үйде 30 адамлық шаңарақлық мәресимлер өткериў мүмкин болады.

17-августтан аймақлардың арасында автотранспорт қатнаўы, жәмийетлик транспорт (метрополитеннен тысқары) ҳәм қала әтирапындағы автобуслардың қатнаўы тикленетуғыны белгиленди.

20-августтан буйым ҳәм қурылыс өнимлери базарлары, ири саўда дүканлары, спорт заллары, фитнес клуб ҳәм бассейнлер ислей баслайды.

Республикалық арнаўлы комиссияға ҳәр бир жумыс түри бойынша қандай  санитариялық талапларға әмел етиў зәрүр екенлигин анық белгилеў ўазыйпасы қойылды. Эпидемиологиялық жағдай жақсы болған мәмлекетлерден келген шахсларды карантинге алыў ҳәм оннан шығарыў тәртибин  жеңиллетиў, пневмониядан емленген халықты реабилитациялаў орайларын шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди.

Санитариялық-эпидемиологиялық хызметке коллектив иммунитет қәлиплсиў процесин мониторинг етип барыў ушын антиденелерди анализлеўди жолға қойыў керек екенлиги атап өтилди.

Телевидение ҳәм радиода мәдений-ағартыўшылық, кеўилашар көрсетиўлер ҳәм еситтириўлерди көбейтиў, социаллық аралықты сақлаған ҳалда театр, кино, концерт ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестириў мәселесине де итибар қаратылды.

– Карантин талаплары жумсартылып атырған болса да, ҳәммемиз социаллық аралықты сақлаў, нықап тағыў, дезинфекция ҳәм басқа да санитариялық-гигиеналық талапларға сөзсиз әмел етиўимиз, алдын жол қойған қәтелерди қайталамаўымыз керек. Аллаға шүкир, ҳәммемиз де жетерли тәжирийбеге ийе болдық. Көпти көрген халқымыз оғада үлкен ерлик ҳәм қаҳарманлық, медициналық мәдениятын көрсетип киятыр. Қатаң норма, беккем шыдам ҳәм сабыр-тақат пенен биз, әлбетте, бул сынақларды тез арада жеңип  өтемиз. Мен оған беккем исенемен,- деп атап өтти Президент.

 

ӨзА