Өзбекистан Республикасы Мийнет министрлиги тәрепинен Японияда (Aichi ҳәм Oita префектураларында) жумыс ислеўди қәлеўши елимиз пуқаралары жумысқа қабыл етиледи, деп хабар бермекте tanlov.uz сайты.

Өзбекистан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Сыртқы мийнет миграциясы мәселелери агентлиги және Японияның UNO корпарациясы  гүл ҳәм овощлар жетистириўши жумысшы сыпатында Японияда жумыс ислеўди қәлейтуғын, япон тилинде сөйлесе алатуғын, 20 жастан киши ҳәм 28 жастан үлкен болмаған Өзбекистан Республикасының ҳаял пуқараларын жумысқа қабыл етеди.

Aichi префектурасында жумыс ислеўшилер ушын саатына 845 иена (ҳәзирги курс бойынша шама менен 7 доллар 61 цент), Oita префектурасында ислеўшилерге болса саатына 715 иена (ҳәзирги курс бойынша 6 доллар 44 цент) мийнет ҳақы усыныс етилип, күнине 8 cаатлық жумысқа, ҳәптесине 2 күн дем алыс, күнине 7,5 саатлық жумысқа, ҳәптесине 1 күн дем алыс, жумыс ўақтынан тысқары ислеген мийнети ушын саатлық мийнет ҳақы 1,25 процент муғдарында көбирек төленетуғыны белгиленген.

Жумыс бериўши бөлек фермерлик фирмасы есапланып, жумысшы фирмаға жумысқа киргенде Япония нызамшылығында белгиленген медициналық қамсызландырыўға ийе болыўы, мәўсимлик жумыслар дәўиринде жумыс ерте басланатуғынынан хабардар болыўы шәрт. Мийнет шәртнамасы жумысқа қабыл етилгенинен баслап 3 жылды қурайды ҳәм турақ жай, суў, электр энергиясы, азық-аўқат қәрежетлерин жумысшының өзи қаплайды. Бул қәрежетлер айына шама менен 40 000 иена яғный, (ҳәзирги курс пенен 360 долларды) қурайды.

Сыртқы мийнет миграциясы мәселелери агентлиги шет елге жумыс ислеў ушын баратырған пуқаралардың тил билиўине, техника қәўипсизлиги менен мийнетти қорғаў қағыйдаларынан хабардарлығын тәмийинлеўди, жумыс шәртлерин орынлаўда ден саўлығы бойынша комплексли медициналық тексериў өткериўди өз мойнына алған.

Ташкентте жоқарыда атап өтилгенлер бойынша билим алыў айына 666 000 сумды (турақ жайы да ишинде), арнаўлы жумыс формасы 142 000 сумды, медициналық тексериўден өткериў 140 300 сумды қурайды. Сондай-ақ, агентлик қәрежетлери бойынша төлениўи керек болған қаржы, Қаржы министрлиги менен келисе отырып, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен ең кем айлық мийнет ҳақының 4 есеси етип белгиленген болып, бул қәрежетлер жумысшының бир айлық мийнет ҳақысының 15-20 процентин қурайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги