Россияда сынақтан өткен вакцина дизимнен өтиўине шама менен 10 күн кетеди. Бул ҳаққында Россияның тиккелей инвестициялар қоры (РФПИ)ның бас директоры Кирилл Дмитриев мәлим етти.

«Бул вакцина Россияда 10 күн ишинде дизимнен өтиўин күтип атырмыз. Әлбетте, процесслер денсаўлықты сақлаў министрлигиниң қадағалаўы астында өтеди, олар сынақлардың биринши ҳәм екинши басқышларының дәслепки нәтийжелерин алды. Нәтийжелер жүдә жақсы»,-деди Дмитриев.

«Соның ушын да вакцина Россияда дизимге алыныўын күтип атырмыз. Егер бул жумыс жақын 10 күн ишинде жүз берсе, биз тек ғана АҚШ емес, ал басқа еллерден де илгерилеп кетемиз. Бул коронавирусқа қарсы дизимге алынған дүньядағы дәслепки вакцина болады»,- деп қосымша етти қордың бас директоры.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги