Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми коронавирус эпидемиясы «және узақ» ўақыт даўам ететуғынын мәлим етти.

Күни кеше ЖДСШның айрықша комитетиниң мәжилисинде оның ўәкиллери пандемия халықаралық әҳмийетке ийе айрықша жағдай болып қалып атыр, деген шешимге келди.

Қәнигелер ЖДСШ ҳәм оның бирге ислесиўшилерине коронавирусқа қарсы гүресиўдеги ис-ҳәрекетлери ушын миннетдаршылық билдирди. Шөлкемниң айрықша комитетинде усы машқаланы шешиўде күшлерди бирлестириў зәрүрлиги атап өтилди және жаслар кеселлик тарқалыўының алдын алыўда барлық имканиятларды иске қосыўға шақырылды.

Экспертлер пандемияға байланыслы жағдайға үш айдан соң баҳа беретуғын болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги