Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Karakalpak scientific journal» журналы ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Science and society» («Илим ҳәм жәмийет») журналы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Нидерландияның «Elsevier» компаниясы менен биргеликте әмелге асырылып атырған «Илим-пән-2020» бағдарламасы шеңберинде ислеп шығылған «Uzbekistan Research Online» санлы платформасындағы 41 журнал қатарына кирди.
Бул журналларда жәрияланған инглис тилиндеги мақалалар диссертациялардың тийкарғы илимий нәтийжелерин жәриялаўға усыныс етилген сырт ел илимий басылымларында басып шығарылған илимий мақалаларға теңлестириледи.
Демек, усы журналларда жәрияланған мақалалар сырт ел басылымы сыпатында тән алынады. Бул барлық илим изертлеўшилери ушын жақсы имканият болып табылады.
Журналлардың мәнзили https://uzjournals.edu.uz/ силтемесинде.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.