5-10 миллион жылдан соң Африканың шығыс бөлегинде тектоникалық жарықлар нәтийжесинде жаңа океан пайда болыўы мүмкин, дейди америкалы ҳәм британиялы илимпазлар. Бул ҳаққында «NBC News» хабар берген.

2005-жылда Эфиопия аймағы шөлиндеги Афар суў сақлағышы атап өтилген. Оның узынлығы 56 километрди қурайды. Британияның Лидс университети илимпазы Кристофер Мурдың сөзлерине бола, бул жердеги континентал рифт океанлық рифтке айланады.

Калифорниядағы Санта-Барбара университетиниң геофизиги Кен Макдональдтың пикиринше, жарық пайда болғаннан соң миллион жыллардан кейин Аден қолтығы ҳәм Қызыл теңиз Шығыс-Африка рифт жайлаўын суўға шөктиреди. Оның нәтийжесинде жаңадан океан пайда болады. Африканың шығыс бөлеги өз гезегинде өз алдына киши материкке айланады, деп атап өтеди илимпаз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги