РоссияныңCOVID-19ға қарсы биринши вакцинасы таяр болды. Бул ҳаққында Россия қорғаныў министриниң биринши орынбасары Руслан Саликов мәлим етти, деп жазады xs.uz  сайты Спутникке тийкарланып.

«Қәнигелеримиз ҳәм Миллий изертлеў орайының (Гамалея атындағы – ред.) илимпазлары тәрепинен сынаў нәтийжелерине жуўмақлаўшы баҳалар берилди. Жуўап берилген ўақытта барлық кеўиллилер коронавирусқа иммунитет алып, өзлерин жақсы сезди. Солай етип, жаңа коронавирус инфекциясына қарсы биринши жергиликли вакцина таяр», – деди ол.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги