Ҳәзирги ўақытта дүнья жүзинде коронавирусқа қарсы жүзден аслам вакцина үстинде жумыс алып барылмақта. New England Journal of Medicine журналында АҚШта жаратылып атырған вакцинаның нәтийже берип атырғаны жәрияланды, делинеди xs.uz  сайтында.

АҚШтағы Модерна компаниясы өзи жаратып атырған вакцинаның дәслепки сынақ басқышында қатнасқан 18 жастан 55 жасқа шекемги 45 қатнасыўшының ҳәммесинде коронавирусқа қарсы иммунитет пайда болғанын мәлим етти.

Кеўиллилер 3 топарға бөлинди ҳәм ҳәр бир топарға ҳәр қыйлы дозаларда мРНА-1273 вакциналары берилди: 25, 10 ҳәм 250 микрограм, еки рет, шанышыўлар арасындағы 28 күнлик интервал менен. Үш топарда да биринши шанышыўдан кейин изертлеў қатнасыўшыларынан алынған вакцинаның дозасына сәйкес түрде коронавирусқа қарсы антикорларды ислеп шықты. Екинши шанышыўдан кейин антикорлардың саны сезилерли дәрежеде артты. Буннан тысқары, ең көп вакцина ең аз дозаланған топар қатнасыўшылары арасында ислеп шығылған.

Бирақ қатнасыўшылардың ярымынан көбинде вакцинаның жеңил болған кери тәсири бақланған болып, олар бас аўырыў, шаршаў ҳәм булшық етлердиң аўырыўы жүз берген.

Модерна өз вакцинасының екинши басқышын усы айдың ақырына режелестирген ҳәм онда 30 000 адам қатнасады. АҚШ ҳүкимети Модерна компаниясының вакцинасы ушын ҳәзирги ўақытқа шекем ярым миллиард доллар қаржы ажыратыўға ўәде берген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги