«Telegram» дүньяда ең көп көширип алынып, ислеп атырған 10 қосымшаның бирине айланды. Бул ҳаққында мәлим еткен мессенджер тийкарын салыўшысы Павел Дуров ҳәммеге миннетдаршылық билдирди.
«Бизди жақсы көргениңиз ҳәм «Telegram ҳаққында досларыңызды хабардар етип атырғаныңыз ушын рахмет»,-деди Павел Дуров.
Ең көп көширип алынып атырған қосымшалар арасында Telegram мессенджери Snapchat ҳәм Netflixти артта қалдырып 8-орынға көтерилди. Биринши орында – TikTok. Жетекши үшликте – ZOOM және Facebook орын ийелеген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги