UFC чемпионы Ҳабиб Нурмагамедов дивизионның абсолют чемпионы Жастин Гетжи менен сентябрь айында беллесетуғын болды.

Мағлыўматларға қарағанда чемпионлық белбеўи ушын болатуғын беллесиў  19-сентябрь күни АҚШтың Невада штатындағы “UFC Apex” аренасында шөлкемлестириледи.

31 жасар Ҳабиб Нурмагамедов ММА беллесиўлеринде  2008-жылдан берли қатнасып келмекте. Әдетте оны беллесиўлерге әкеси Абдулманал Нурмагамедов та таярлайтуғын еди. Бирақ жақында тәжирийбели тренер қайтыс болды. Ҳабиб ҳәрекети даўамында 28 ушырасыўдың барлығын өз пайдасына шешкен.

Жастин Гетжи болса усы жылдың май айында Тони Фергюсонды жеңип, абсолют чемпионлық белбеўиниң ийесине айланды ҳәм Ҳабиб пенен күш сынасыў ҳуқықына ийе болды. Америкалы спортшы ММА да  22 жеңис ҳәм 2 жеңилиске ушыраған.

 

ӨзА