Усы жылдың 10-июль күни «Facebook» тармағы жумысларында бирқанша үзилислер жүз берди. Бул ҳаққында ҳәр қыйлы ҒХҚ ҳәм бағдарлама ислеп шығарыўшылар хабар берген, деп жазбақта «Ўзкомназорат».

 

Қәнигелердиң пикиринше, тармақ қосымшасында ғалабалық түрде бақланған үзилиске «Facebook» («Facebook SDK») комплектин ислеп шығыў менен байланыслы машқала себепши болыўы мүмкин.

 

«The Verge» басылымының жазыўынша, көплеген қосымшалар пайдаланыўшыларды авторизациялаўда «Facebook» аккаунтларынан пайдаланады.

 

10-июль күни азанда компанияның бағдарламалар ислеп шығарыўшылар платформасында машқаладан хабардар екенлиги ҳәм «iOS» пайдаланыўшылары дус келген техникалық кемшиликлерди сапластырыў бойынша жумыс алып барып атырғанын мәлим еткен.

 

«iOS» пайдаланыўшылары «Facebook SDK» менен интеграцияласқан «Spotify», «Pinterest», «TikTok» ҳәм басқа көплеген қосымшаларына кириўдиң илажы болмай атырғанын билдирип шағым еткен.

 

Бағдарламалар Интернет тармағы («4G» ямаса «WiFi») активлескен ўақытта ислемей қалған, бирақ смартфон «Пәрўаз» режимине өткерилген ўақытта олар және алдынғыдай ислей баслаған.

 

Сондай-ақ, усыған уқсас авторизация ҳәм қосымшаға кириў менен байланыслы машқалалар «Android» ҳәм «Windows» системаларында да бақланған.

 

Ташкент ўақты менен 18:30 жағдайы бойынша машқала еле толық сапластырылмаған ҳәм компанияның бағдарлама ислеп шығарыўшыларының рәсмий дәреги бул бойынша жумыслар даўам етип атырғанын хабарлаған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.