АҚШ ҳәм Батыс Европа мәмлекетлеринде жасайтуғын миллионерлер топары G20 саммитииниң ашылыўы алдында мәмлекет басшыларынан оларға салынатуғын салықты көбейтиўди сорады. Байлардың пикиринше, булл оларға уқсаған адамларға коронавирус пандемиясына қарсы гүресиўде әҳмийетли роль атқарыўына жәрдем береди.

«Биз реанимация бөлиминдеги наўқасларға қарамай атырмыз. Биз наўқасларды емлеўханаларға алып баратуғын «Тез жәрдем» машиналарын айдап атырғанымыз жоқ. Биз дүканларды азық-аўқатқа толтырып атырғанымыз жоқ. Биз азық-аўқат жеткерип берип атырғанымыз жоқ. Бирақ бизлердиң қаржымыз көп. Бул қаржы ҳәзир оғада әҳмийетли»,-делинеди миллионерлер топарының билдириўинде.

Хатта жазылыўынша, коронавирус пандемиясы машқаласын ҳәм белгилерин қайырқомлық есабынан сапластырыўдың илажы жоқ. Хатқа қол қойыўшылар мәмлекет басшыларынан «планетамыздың ең бай адамлары»на салынатуғын салықты көбейтиў есабынан денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм қәўипсизлик системасын финанслық тәмийинлеў ушын «жетерли қаржыны жыйнап, оларды әдил бөлистириў миннетлемесин өзине алыўды» сорамақта.

Хатқа 80 адам, атап айтқанда, Дисней Эбигейл ҳәм Тим Диснейдиң шаңарақ ўәкиллери, «BlackRock» инвестиция фондының бурынғы басқарыўшы директоры Моррис Перл және АҚШ, Уллы Британия, Германия, Дания, Нидерландия ҳәм Жаңа Зеландияның басқа миллиардерлери менен миллионерлери қол қойған.

«The Guardian»ның атап өтиўинше, хат 18-июльде өткерилиўи режелестирилген «үлкен жигирмалық» мәмлекетлериниң қаржы министрлери ҳәм орайлық банк басшыларының ушырасыўы алдында басып шығарылды. Авторлар сиясатшыларды глобал теңсизликке қарсы гүресиўге шақырған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги