Россиялы иммунолог, жәмәәт саламатлығы ҳәм халықаралық денсаўлықты сақлаў бойынша эксперт Николай Крючков инсанның қандай жағдайларда коронавирус пенен кеселленбеўи ҳаққында мәлим етти, деп жазады xs.uz  сайты.

Бириншиси, күшли туўма иммунитет, екиншиси, түрли мәўсимлик коронавирус инфекциясы менен кеселениў нәтийжесинде пайда болған иммунитет, үшиншиси, кеселликтиң жеңил формада өтиўи.

Қәнигениң пикиринше, дәслепки еки жағдайда, аязлаўдан кейин пайда болған иммунитет себепли коронавирус улыўма денеге кирмейди.

Үшинши жағдайда болса, инфекцияны инсан ҳәттеки сезбеўи ҳәм итибар бермеўи мүмкин. Мәселен, бир неше күн жөтеледи ҳәм соның менен ҳәммеси өтип кетеди. Соның менен бирге, денеде инфекция болады ҳәм өзине тән иммунитет сақланып қалады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги