Англия сайланды командасының қурамында чемпионлығын қолға киргизген Жек Чарлтон жума,  10-июль күни қайтыс болды. Бул ҳаққында «Лидс» клубының баспасөз хызмети хабар берди.

Жек Чарлтон 85 жаста еди.

«Лидс Юнайтед» клуб жулдызы  Жек  Чарлтон узақ даўам еткен кеселликтен соң  85 жасында әлемнен өткенинен терең қайғыда»,-делинеди хабарда.

Чарлтон «Лидс»қа 23 жыл өмирин бағышлап, рекорд дәрежеде көп- 773 ойын өткерген. Команда менен бирге Англия чемпионлығы (1969-жыл) ҳәм Кубогы (1972-жыл)ды қолға киргизген. Жек Чарлтон Англия ҳәм дүнья футболы тарийхындағы ең жақсы қорғаўшыларынан бири еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги