2020-жылдың биринши ярым жылы даўамында Мәлимлемеслестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық инспекциясына жәми 377 мүрәжат келип түсти. Бул ҳаққында бизге аймақлық инспекция хабар берди.
Келип түскен мүрәжатларды анализ ететуғын болсақ, жергиликли телефон байланысы хызметиниң сапасы бойынша 92, интернет хызметлери бойынша 147, почта байланысы ҳәм күнделикли басылымларды тарқатыў хызмети бойынша 4, мобиль байланыс хызметлери мәселесинде 133, телерадио хызметлери бойынша 1 мүрәжатлар келип түсти.
Усы мүрәжатлар аймақлық инспекция, байланыс ҳәм телекоммуникация хызметлерин көрсетиўши кәрханалар менен биргеликте үйренип шығылды. 377 мүрәжаттан 23 мүрәжат қосымша ўақыт ҳәм техникалық шешим талап етилиўине байланыслы түсиндириў жумыслары алып барылды ҳәм аймақлық инспекция тәрепинен орынланыўы қадағалаўға алынды.
Соның менен бирге, халқымызға сапалы телекоммуникациялық хызметлерди көрсетиў, хызметлер түрин көбейтиў ҳәм тутыныўшылар талапларын қанаатландырыў мақсетинде тараў кәрханалары менен бирге 2020-жылдың биринши ярым жылы даўамында 46 дана мобиль байланыс база станциялары, 25 дана радиореле қурылмалары, 54 дана шийше талшықлы байланыс кабельлери объектлери пайдаланыўға қабыл етилип, иске түсирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.