Шегирткелер Пәкистаннан кейин Ҳиндстанға ҳүжим етти. Мәмлекетлер шегарасындағы Ражастанды шыбын-ширкейлерден ибарат булт қаплады. Ҳиндстанның бес штатында шегирткелердиң үлкен падасы пайда болды. Гургаон аспаны шыбын-ширкейлердиң көплигинен қарайып қалды. Шегирткелер үйлердиң шифер ҳәм әйўанларына жабысып алды.
Шегирткелердиң үлкениреклери күнине 150 км аралыққа шекем жол басыўы мүмкин. Шыбын-ширкейлер Ҳиндстан пайтахты-Нью-Делиге шекем жетип барды. Ҳәкимият жоқары таярлық тәртибин жәриялады.
Халықтан айналарды жабыў ҳәм өсимликлерди жасырыў соралмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги