Ҳиндстан ҳүкимети 59 қосымшаны, соның ишинде, Қытайдың Tik Tok социаллық тармағын, UC Browser  браузерин, WeChat мессенжерин қадаған етип қойды, делинеди ҳүкимет баспасөз хызмети мағлыўматында.

Бул дизимге «Ҳиндстанның суверенитетине ҳәм пүтинлигине, елдиң қорғаныў қәбилетине, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик тәртипке зыян келтирип атырған» қосымшалар киргизилди. Тийкарынан Қытайда ислеп шығылған қосымшалар енди мобиль ҳәм басқа да қурылмаларда қадаған етиледи.

Қара дизимнен Қытайдың Kwai, Baidu map, Clash of Kings, Mi Community, Club Factory, UC News, Weibo, QQ Music, Mobile Legends сыяқлы қосымшалары орын алған.

 

ӨзА