Жақында HyFlyer водород-электрли гибрид самолёты Англияның Бедфорширидеги Кранфилд аэродромынан биринши мәрте ҳаўаға көтерилди, деп жазады New Atlas.

Бул самолёт қоршаған орталықты патасламаған ҳалда узақ аралықларға пәрўаз ете алатуғын ушыўшы аппаратлар жаратыў бойынша бағдарлама шеңберинде жаратылған.

HyFlyer ZeroAvia инженерлериниң қолланбасы болып, қазып алынып атырған жанар майда емес, ал водородлы жанар май жумсалған ҳалда, өз бортында 20 ға шекем жолаўшы алыўы ҳәм 800 километрге шекем ушыўы мүмкин.

2023-жылға келип компания турақлы коммерциялық пәрўазларды жолға қойыўға ўәде бермекте.

«Таза энергия»ның жазыўынша, водород-электрли двигательлердиң авиацияда таза электрли двигательлерге қарағанда үстин тәрепи сонда, пәрўазлар даўамында аўыр аккумуляторларға улыўма қәжет жоқ. Сол себепли көпшилик қәнигелер водород-электрли самолётлар, аккумуляторларда ислемейтуғынларына қарағанда перспективалы ҳәм әмелий жақтан қолайлы, деп есапламақта.

 

ӨзА