Бишкектиң Первомайск районы суды Қырғызстанның бурынғы президенти Алмазбек Атамбаевти 11 жыл еки айлық қамақ жазасына ҳүким етти, деп хабар берди «РИА Новости» хабаршысы.
Бурынғы мәмлекет басшысы жынаятшы Азиз Батукаевты нызамсыз түрде қамақтан азат етиў жумысы бойынша коррупцияда айыплы деп табылды.
Сондай-ақ, Атамбаев, мәмлекетлик сыйлықларынан айырылады ҳәм мүлки алып қойылады.
Өткен жылы ноябрь айында басланған суд жумысы жуўмағына жетти. Бурынғы президент суда қатнасыўдан ҳәм соңғы сөзин айтыўдан бас тартты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги