Жақында Тахтакөпир районындағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 11-класын табыслы питкерип атырған жигит-қызларға Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов алтын медалларды салтанатлы түрде тапсырды.

-Тахтакөпир районындағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 11-класын быйыл 371 оқыўшы питкерип атырған болса, соннан үшеўине үлгили минез-қулқы және жоқары баҳалары ушын алтын медаль берилди, -дейди районлық халық билимлендириў бөлиминиң баслығы Б.Жаримбетов. – Карантин питкериўшилеримиздиң өмиринде айрықша из қалдырды. Олар алдыңғы әўлад ўәкиллери басынан кеширмеген улыўма жаңа шараятларда оқыўды питкериўине туўра келди. Сол себепли, елимизде 2020-2021-оқыў жылында республикамыздың жоқары оқыў орынларында қабыллаў квоталары 25 процентке арттырылып, абитуриентлерге кириў имтиханларында бир қатар жеңилликлер жаратылды. Мектеп питкериўшилерин оқыў ҳәм жумысқа қамтып алыў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

Мағлыўмат ушын, быйыл Қарақалпақстанда 11-классты питкерип атырған 177 оқыўшыға гүмис, 308 оқыўшыға алтын медаль ҳәм айрықша дәрежели аттестатлар бериледи. Оларды тапсырыў мәресимлери республикамыздың барлық орынларында өткерилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги