АҚШтағы Колумбия университети, Ирандағы Мозандарон медицина университети ҳәм Қытайдағы медициналық мәкемелер тәрепинен өткерилген изертлеўлерге бола коронавирус кеселлиги қай дәрежеде аўыр ямаса жеңил өтиўи қан топарына байланыслы екени мәлим етилди.
Изертлеўлер нәтийжесинде екинши топарға тийисли қан ийелеринде кеселликтиң аўырлаў өтиўи анықланған. Үшинши ҳәм төртинши қан топарының ийелеринде болса екинши топарға салыстырғанда қәўип азырақ, бирақ биринши топар ийелерине қарағанда көбирек.
Бирақ бул изертлеўлер дәслепки жуўмақлар болып, және бир қатар тексериўлерден өтиўи ҳәм тастыйықланыўы зәрүр.
Қарақалпақстан хабар агентлиги