Түркия  пийшемби күни Түркия пуқаралары ҳәм басқа да мәмлекетлердиң пуқаралары ушын кириў ҳәм шығыў шеклеўлерин алып таслады, мәмлекеттиң Иран менен қурғақлық шегарасы буған кирмейди. Бул ҳаққында Анадола агентлиги хабар береди.

Усы қарар Президент Реджеп Таййип Эрдоған басшылығындағы министрлер Кабинетиниң мәжилисинен кейин қабыл етилди.

Ҳаўа транспорты денсаўлықты сақлаў, сыртқы ислер ҳәм транспорт министрликлери менен биргеликте муўапықластырылады. Түркия пуқаралары ҳәм Түркияға келген сырт ел пуқаралары медициналық тесериўден өтеди. Жаңа пәрман мәмлекеттиң барлық ўәлаятларына жиберилди.

Еслетип өтемиз, 11-июнь күни Түркияда 987 коронавирус инфекциясының жаңа жағдайы белгили болған. 1021 адам емленген ҳәм 17 өлим жағдайлары дизимге алынған.

Американың Джон Хопкинс университетиниң мағлыўматларына бола, дүнья көлеминде 459 500 ден аслам адам коронавирус пандемиясы нәтийжесинде қайтыс болған. Тастыйықланған инфекция жағдайларының саны 7,72 миллионға жетти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги