Германияның жер жүзилик қымбат баҳалы металлар ҳәм шийки зат базарына қәнигелескен Goldseiten.de интернет-бетинде мәмлекетлердиң алтын резервлерине бағышланған World Gold Council (Жәҳән алтын кеңеси) есабаты ҳаққында мағлыўмат берилди, деп жазады «Дунё» Мәлимлеме агентлиги.

Жәҳән алтын кеңесиниң 2020-жыл 1-июньдеги есабатына бола, 335,9 тонна алтын резервине ийе Өзбекстан дүнья жүзинде 17-орында турыпты. Бул мәмлекет валюта резервиниң 59,1 процентин қурайды, делинеди есабатта. Оннан кейинги орында Саудия Арабстаны (323,1 тонна, 3,4 процент).

Есабатта биринши орынды АҚШ ийелеп турыпты – 8 133,5 тонна, екинши орында – Германия (3 363,6 тонна), үшинши орында болса – Халықаралық валюта қоры (2 814,0 тонна).

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги