2020-жылы Гонконг, Ашхабад ҳәм Токио экспатлар (сырт елде ислейтуғын компания хызметкерлери) ушын дүньяның ең қымбат қалалары деп табылды. Бул ҳаққында «Mercer» компаниясының «Cost of Living Survey» изертлеўинде мағлыўмат берилди.

Сондай-ақ, сырт еллилер ушын Цюрих, Сингапур, Нью-Йорк, Шанхай, Бёрн, Женева ҳәм Пекин қалаларында жасаў қымбатқа түсиўи мүмкин.

Изертлеў нәтийжелерине бола, сырт еллилер Тунис (209), Виндхук (Намибия) (208), Ташкент  (207) ҳәм Бишкекте (206) ең аз қәрежет жумсайтуғын екен.

Қәнигелер дизимди дүзиўде дүньяның 209 қаласындағы турақ жай, транспорт, азық-аўқат, кийим-кеншек, хожалық буйымлары, сейил-тамашалардың баҳасын есапқа алған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги