Том Круз сырт елден келиўшилердиң барлығы еки ҳәпте карантинде отырыўы шәрт болған жаңа шеклеўлер енгизилиўинен бир неше саат алдын Лондонға қоныўға үлгерди, деп хабар берди «The Sun».

Ҳүкимет 8-июнь, дүйшемби күни жаңа шеклеў илажларын енгизиўге қарар етти. 57 жаслы Голливуд актёры Том Круз болса екшемби күни кеште Британия пайтахты жанындағы «Biggin Hill» аэропортына келип қонды.

Ол Оксфордқа жақын жердеги Патшалық әскерий-ҳаўа күшлериниң тасланды базасына «Орынлап болмайтуғын тапсырма» филминиң жетинши бөлимин сүўретке алыў жумысларын тиклеў ушын жетип келди.

«Томның екшемби күни кешинде жетип келиўи тосыннан емес. Сүўретке алыў топары бас қаҳарманның 14 күн карантинде отырыўды қәлемеди»,-деди басылым сәўбетлеси.

Ол Флоридадан Уллы Британияға шекем 11 саат пәрўаз еткен. Болжаўларға бола, актёр Лондонда жасайды ҳәм сүўретке алыў жумысларына вертолетта қатнайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги