Жаңа Зеландияда коронавирусқа шалынған ақырғы наўқас емленип шықты. Атаў-мәмлекет барлық карантин шеклеўлерин бийкар етти, тек ғана шегаралар ҳәзирше ашылмайды.

Бас министр Жасинда Арден 8-июньде мәлим еткениндей, шийшемби, 9-июньге өтетуғын түнде саат 00.00 ден мәмлекет миллий қәўип дәрежесиниң төртиншисинен бириншисине өтти.

Бүгиннен барлық жәмийетлик ҳәм жеке меншик илажлар шекленбеген тәртипте өткерилип баслайды, усақлап сатыў ҳәм мийманхана бизнеси әдеттеги жумыс тәртибине өтеди, жәмийетлик транспорттың жумысы толық тикленеди.

Мәмлекетте еки ҳәптеден берли бирде бир коронавирус жағдайы бақланбаған.

Мағлыўмат ушын: Жаңа Зеландияда эпидемия дәўиринде коронавирусты жуқтырыў  жағдайлары 1504 ти қурап,  1482 (98,5 процент) наўқас емленип шықты, 22 адам  (1,5 процент) қайтыс болған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги