Колорадо университети (АҚШ) илимпазлары инсан ҳәрекети тәсирине түспеген атмосферасы ең таза аймақты анықлады.

«Бул регион Антарктиданы қоршап турған Қубла океан үстинде жайласқан», деп жазады xs.uz сайты.

Ҳаўасы дүнья жүзиндеги ең таза деп тән алынып атырған бул аймақта өткерилген изертлеўлер соны көрсетеди, регион инсан ҳәрекети нәтийжесинде жүзеге келетуғын аэрозоль бөлекшелер (жанар майды жағыў, аўыл хожалығы, төгин ислеп шығарыў, ақаба суўларды тазалаў)ден пүткиллей жырақ болып есапланады.

Тасманиядан Антарктида музлықларының ақырына шекемги болған орынларда өткерилген экспедиция процесинде илимпазлар атмосфераның океан менен тиккелей байланыста болған шегара қатламларынан үлгилер алды. Кейин атмосферада жайласқан ҳәм мыңлаған километрге самаллар жәрдеминде тарқалатуғын микроблардың, атап айтқанда, ДНК избе-излиги бойынша қурамын анализледи.

Нәтийжеде инсан ҳәрекетине байланыслы зыянлы элементлерди излеген қәнигелер санаат ҳәм аўыл хожалығындағы шығындылар узақ жер массаларынан Қубла полюсқа шекем жетип келе алмаўы, барлық анықланған микроблар болса океанның өзинде пайда болғанлығын атап өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги