«Ўзкомназорат» мәмлекетлик инспекциясының баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, 2020-жыл 4-июнь күни саат 01:00 ден 05:00 ге шекем Нөкис ҳәм Үргениш қалаларында «UMS» ЖШЖның транспорт тармағы қурылмасында техникалық жумыслар өткерилиўи себепли усы аймақларда көрсетилген ўақыт аралығында абонентлерге көрсетилип атырған барлық байланыс хызметлеринде қысқа үзилислер болыўы мүмкин.

 

Сондай-ақ, 5-июнь күни саат 00:00 ден 06:00 ге шекем және 10-июнь күни саат 00:00 ден 06:00 ге шекем Нөкис, Шаҳрисабз ҳәм Қаршы қалаларында «UMS» ЖШЖның барлық сыртқы байланысларын жаңа коммутациялық үскенелерге өткериў бойынша техникалық жумыслар өткериледи.

 

Сол себепли жоқарыда атап өтилген аймақларда абонентлерге көрсетилип атырған байланыс ҳәм мағлыўмат узатыў хызметлериниң сапасы төменлеўи мүмкинлиги ескертип өтилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.