Италияда коронавирус инфекциясы себепли дем алыў органынан айырылған 18 жастағы жигиттиң өкпеси алмастырылды, деп хабарлайды ANSA агентлиги.
Бул – Европада өткерилген биринши операция. Операция Миландағы емлеўханада өткерилди.
Франческо атлы жигитте 2-мартта коронавирус инфекциясының белгилери пайда болған, 6-мартта ол Миландағы Сан-Раффаэле емлеўханасының реанимация бөлимине жатқарылды. 23-мартта жасалма қан айланысы үскенесине қосылды.
Соған қарамастан, коронавирус инфекциясының аўыр түри менен кеселленгенликтен оның өкпеси ислемей қалды. Апрельдиң ортасында Сан-Раффаэле шыпакерлери наўқастың өкпесин алмастырыў туралы шешим қабыл етти.
Буған дейин бундай операция тек Қытайда өткерилип келинген. Бирақ, Миландағы өкпе трансплантациясынан кейин бир неше күн өткеннен соң бундай операция Венада да исленди.
Университеттиң көкирек клеткасы хирургиясы мектебиниң басшысы Марио Нозиттидың айтыўынша, операция қыйын болған. Енди жас жигит узақ ўақыт реабилитациядан өтеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги