ОПЕК+ мәжилиси алдында шийшемби күни нефтьтиң баҳасы көтерилди. Ушырасыў усы ҳәптениң соңында онлайн түрде өткерилиўи күтилмекте. LCO Brent маркалы нефть фьючерслери 0,94 процентке ямаса 36 центке көтерилип, бир баррелиниң баҳасы 38,68 долларды қурайды, деп хабар бермекте Reuters агентлиги.
West Texas Intermediate (WTI) CLc1 маркалы нефть фьючерслери 0,73 процентке ямаса (26 центке) көтерилип, бир баррельдиң баҳасы 35,70 долларды қурады. ОПЕК+ мәмлекетлери 4-июнь күни болып өтетуғын онлайн-мәжилисте июль ямаса август айларында нефть қазып алыўды күнине 9,7 миллион баррельге шекем (дүнья өндирисиниң 10 процентине шекем) азайтыўды көрип шықты.
Апрель айында келисилген ОПЕК+ режесине бола, нефть жеткерип бериў көрсеткишиниң рекорд дәрежеде азайыўы май ҳәм июнь айларында басланады ҳәм июльден декабрьге шекем күнине 7,7 миллион баррельге шекем азаяды.
Өткен ҳәпте Reuters агентлигине келип түскен мағлыўматларға бола, Саудия Арабстаны нефть қазып алыўды сезилерли дәржеде азайтыў бойынша пикир-алысыўлар алып бармақта.
Бул нефть баҳасының 40 долларға шекем көтерилиўине алып келиўи мүмкин екенлиги атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги