Қазақстан Индустрия ҳәм инфраструктураларды раўажландырыў министри Бейбит Атамқулов халықаралық рейслердиң қайта тиклениўин түсиндирип өтти, деп хабар береди Kaz8nf94mның хабаршысы.
«Коронавирус инфекциясына қарсы уйымлараралық комиссиясы жақында мәжилис өткерди ҳәм 1-июньнен баслап үш мәмлекетке пәрўазларды қайта тиклеў мәселесин көрип шығыўға руқсат берди. Олар Қубла Корея, Қытай ҳәм Әзербайжан. Не ушын бул мәмлекетлер таңланды? Бириншиден, ол жердеги COVID-19 бенен байланыслы жағдай баҳаланды. COVID-19 халықаралық рейтинги бар ҳәм бул үш мәмлекет ең қәўипсиз мәмлекетлердиң қатарына киреди», – деди министр.
Оның айтыўынша, екинши басқышта Германия, БАӘ, Чехия ҳәм Таиландқа пәрўазлар тикленеди.
«Польша ҳәм Венгрия ушын да руқсат алыўымыз мүмкин. Ол жерде де қәўипсизлик дәрежеси оғада жоқары. Екинши басқыш 15-июньннен кейин басланады. Сырт елдеги кәсиплеслерим менен турақлы байланыстаман. Мен Түркия транспорт министри менен сөйлескенимде, олар Анталияға пәрўазларын ашыўды режелестирип атырғаны ҳәм 20-июнь сәнесин арнаўлы белгилеп қойғанын атап өтти. Биз еле де бул жумыс үстинде ислеп атырмыз», деген Б. Атамқулов.
Қарақалпақстан хабар агентлиги