Коронавирустың тарқалыўы ыссы ҳаўа және ултрафиолет нурлар тәсиринде төменлейди. АҚШтың Маунт Оберн емлеўханасы қәнигелериниң изертлеўинде бул жағдай анықланған.
АҚШта COVID-19 пенен кеселлениўдиң 2020-жыл бәҳәр айларындағы көрсеткишлерин анализлеген илимпазлар коронавирустың тарқалаўы ямаса керисинше, тарқалмаўына тәсир көрсететуғын факторлар сыпатында ҳаўа температурасы, ултрафиолет нурлар, ығаллылық ҳәм басқа да көрсеткишлерди келтирип өткен. Оған муўапық, целсий бойынша температура 10 дәрежеден жоқары болғанында инфекцияның тарқалыўы төменлейтуғыны анықланды.
Илимпазлар Целсий бойынша 10 дәрежеден жоқары ҳаўа темперутурасында вирустың салыстырмалы қысқа дәўирде жасап қалыўы мүмкин екенлиги, сондай-ақ, SARS-CoV-2 денешелери жоқары ултрафиолет нурлары тәсиринде жеделлесиўден тоқтайтуғынын анықлаған. Қалған факторлар, атап айтқанда, ҳаўаның ығаллылығы кеселлик тарқалыўына дерлик тәсир көрсетпейди, деген шешимге келинген.
Қарақапақстан хабар агентлиги