2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы және Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясында жоқары билимлендириўди раўажландырып барыў тараўындағы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген.

Сондай-ақ, Елимиз басшысының 2020-жылдағы мүрәжатында быйылғы жыл ҳәм келеси 5 жылда тараўды раўажландырыў бойынша тийкарғы бағдарлар менен ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Атап айтқанда, мектеп оқыўшыларын жоқары билимлендириўге қамтып алыў дәрежесин быйыл кеминде 25 процентке, келешекте 50-60 процентке жеткериў, жоқары билимлендириўге қамтып алыўды арттырыўдың төлемли-контрактқа байланыслы болып қалмаўы, жоқары оқыў орынларына студентлерди қабыллаўдың мәмлекетлик грант орынлары еки есеге арттырылыўы, ЖОО кириў имтиханларының оптималластырылыўы, оқыўға кириў процеслериниң әпиўайыластырылыўы, шет тили ҳәм шығыс тиллери сыяқлы басқа улыўма пәнлерден билимди баҳалаў бойынша миллий тест системасының жаратылыўы, абитуриентлер усы пәнлерден тийисли гүўалық алғанда, жоқары оқыў орнына кирип атырған ўақытта бул пәнлерден қайтадан сынақ тапсырмаўы бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.

Алдыңғы жыллары тест сынақларын өткериўде ерисилген жақсы нәтийжелер менен бирге айырым машқалалы жағдайлар да байқалды. Яғный, абитуриент өзиниң ҳүжжетлерин жоқары оқыў орынларына тапсырыў ушын дизимнен өтиўде гезекте турыў, күтиў жағдайлары пайда болды. Быйылғы оқыў жылында 1  миллион 200 мыңнан аслам, ал, Қарақалпақстан бойынша 71 мың абитуриенттиң мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыўы болжанбақта. Усыны есапқа алған ҳалда, Мәмлекетлик тест орайы бағдарламалық тәмийинлеў жаратылды.

Енди абитуриент өз ҳүжжетлерин университет ямаса институтқа дизимнен өткериў ушын барыўы шәрт емес, ол үйинде отырып-ақ бул процессти әмелге асырыўы мүмкин. Бүгинги күнде қәлеўшилер ушын Мәмлекетлик тест орайының abitur.dtm.uz сайты арқалы ҳүжжетлерди дизимнен өткерип көриў имканияты берилген. 2020-жыл 30-апрель күнинен баслап усы бағдарламалық тәмийинлеў тест режиминде иске түсирилди. Ол абитуриентлер ушын жүдә қолайлы болып, бириншиден, абитуриенттиң ўақты үнемленеди, артықша қәрежет талап етпейди, соның менен бирге, тийкарсыз гезек күтиўлер пайда болыўының алды алынады. Соны айрықша атап өтиў керек, бағдарлама үш тилде – өзбек, рус ҳәм қарақалпақ тилинде таярланады.

Және бир жаңалық, ҳәзирги ўақытта Мәмлекетлик тест орайы қәнигелери тәрепинен ана тили (өзбек, рус, қарақалпақ тили) ҳәм әдебияты пәнинен Миллий сертификат бериў мақсетинде имтихан өткериў системасы, структурасы ҳәм мазмуны ислеп шығылып, оның илимий тийкарлары келтирилди. Бүгинги күнде 12 шет тилинен миллий сертификат системасы енгизилген болса, 2020-жылдың 4-шерегинде оған қосымша өзбек, рус, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты және математика пәнлеринен миллий сертификат бериўди жолға қойыў режелестирилген. 2021-жыл 1-январьға шекем математика пәнин билиў дәрежесин баҳалаў бойынша миллий сертификатлаў системасы енгизиледи.

Абитуриентлердиң үйинде отырған ҳалда тест сынақларына таярлық көриўи ушын шараят жаратыў, Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен ислеп шығылған ашық тестлер менен абитуриентлерди таныстырып барыў сыяқлы мәселелер бағдарында да бир қатар ислер әмелге асырылды. Атап айтқанда, МТО тәрепинен абитуриентлерге көрсетилип атырған хызметлерден бири болған e-Sinov системасы арқалы абитуриентлер ҳәр бир пән бойынша «Тест тапсырмалары топламы 2019» әмелий қолланбаларында басып шығарылған тест тапсырмалары бланкисинен қәлиплестирилген вариантты шешип, өз билимлерин сынақтан өткерип көриўи мүмкин. Бул система пайдаланыўшыларға қолайлы болыўы ушын телеграм мессенжеринде иске түсирилген болып, системадан @dtmxizmatbot телеграм бот арқалы пайдаланыўы мүмкин.

Мәмлекетлик тест орайының http://onlinetest.dtm.uz/newtest/ сайты арқалы мәжбүрий пәнлерден ашық тестлер менен ислесиў системасы иске түсирилди ҳәм бул система арқалы абитуриентлер өз билимлерин сынақтан өткерип көриўи, мәжбүрий пәнлер («Ана тили», «Математика», «Өзбекстан тарийхы»)ге тийисли тест тапсырмалары бойынша түсиникке ийе болыўы ҳәм ашық тестлер менен ислесиў көнликпелери пайда болады. 2020-жылдың 24-январынан баслап МТОның рәсмий веб сайты – http://5fan.dtm.uz арқалы регистрациядан өткен ҳалда өзине керекли болған репетициялық тест китаплары бойынша буйыртпа тийкарында өз билимлерин сынақтан өткериў системасы иске түсирилди. Бүгинги күнде жоқарыда санап өтилген хызметлердиң барлығы бийпул әмелге асырылмақта.

 

Д.КӨШКИНБАЕВ,

Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы бөлими бас қәнигеси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги