Президент жарима тўлайдими?

Австрия Президенти Александр Ван дер Беллен Вена қаласындағы ресторанлардың биринде өмирлик жолдасы менен түн ярымы өткенде де отырғанын көрип қалды. Коронавирус пандемиясы мүнәсибети менен әмелге киргизилген шеклеўлерге бола, пайтахттан улыўма аўқатланыў мәкемелери 23.00 ден кейин жабық болыўы керек.

Бул ҳаққында жергиликли «Kronen Zeitung» басылымы ҳуқық қорғаў системаларының мағлыўматына сүйенип жазған.

Полицияның есабатында келтирилиўинше, жәмийетлик қәўипсизликти қорғаў хызметиниң хызметкерлери ерли-зайып жергиликли ўақыт пенен 00.20 да «Sole» ресторанының ашық верандасында отырғанына гүўа болды.

Альп республикасының жетекшиси ўақыяға төмендегише анықлық киргизген: «Мен өзин-өзи қорғаў тәртиби енгизилгеннен берли биринши рет үйимнен шықтым, кешки аўқатты өмирлик жолдасым ҳәм еки достым менен ресторанда аўқатланыўға келисип едик. Сөйлесип отырып, ўақыт қандай өтип кеткенин сезбей қалғанбыз. Тән аламан, бул бизлердиң қәтемиз», – деген Ван дер Беллен.

Ресторанның директоры Аки Нуредини де ҳәдийсе бойынша өз пикирин билдирди. Оның айтыўынша, қарыйдарларға жейтуғын затлар ҳәм ишимликлер 23.00 тен алдын берилген, ресторан ўақтында жабылған. Президент ҳәм оның жанындағы адамлар, мәкеме қағыйдаларынан хабардар болса-да, өзлеринше ҳәўлиде қалған.

Енди Вена магистраты ресторан ийеси белгиленген 30 евро жәрийманы төлей ме, ямаса төлемей ме, усы ҳаққында қарар шығарыў зәрүр. Мәмлекет басшысы ҳәм оның өмирлик жолдасына санкция қолланыў қәўпи жоқ.

15-майдан баслап Австрияда улыўма аўқатланыў орынларының жумысына рухсат берилген, тек ғана жумыс процеси бир қатар шеклеўлерге әмел етиўди талап етеди. Мәселен, жумыс ўақты азанғы 6 дан кешки 11 ге шекем белгиленген, орынды алдыннан бәнт етип қойыў керек, қарыйдарлар арасында белгили аралықтың сақланыўы шәрт. Хызметкерлер болса медициналық нықап тағып жүриўге мәжбүр.

 

ӨзА