Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги тәрепинен Россия Федерациясында IT – компьютер программисти қәнигелиги бойынша бос жумыс орынлары ушын таңлаў өткериледи. Бул ҳаққында агентликтиң баспасөз хаткери мәлим етти.

Атап өтилиўинше, таңлаў видео сәўбет арқалы өткериледи. Орташа айлық мийнет ҳақы 150 мың рубльден 300 мың рубль (2000-4000 АҚШ доллар)ди қурайды.

«Талабанлар төмендеги бағдарламаларды билиўи керек:

React/Redux, Saga, Typescript, Sass, Webpack, backbone/Marionette, PHP 7.x, (Фреймовка – Larvel), Go (горутин ҳәм каналлар), NoSQL (Redis, MongoDB, ElasticSearch) мағлыўматлар базасы, бэкендта ислетилетуғын программалар – Java/Scala, MySQL, PostgeSQL, жумыс процесинде ислетилетуғын программалар – Git, Slack, Redmine, Jenkins.

Агентликтиң labormigration.uz программалық комплексинде дизимнен өтиўиңиз ушын төмендеги телефон номерине қоңыраў етиўиңиз соралады.

Мүрәжат ушын: (71) 202-33-55» делинеди хабарда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги