Коронавирусдан ўлим хавфини кучайтирадиган хасталик аниқланди

Созылмалы баўыр кеселликлери, атап айтқанда цирроздан жәбир шегиўши наўқасларда коронавирустан қайтыс болыў итималы басқаларға салыстырғанда жоқары екен. «Journal оf Hepatology»  журналында жәрияланыўы күтилип атырған бир изертлеў нәтийжелери ҳаққындағы есабатта усы ҳаққында сөз барады.

Қәнигелер баўыры зыянланған ҳәм COVID-19 тестинде унамсыз нәтийже атап өткен 152 наўқасқа байланыслы мағлыўматларды тексериўден өткерди. Анықланыўынша, олардың тең ярымына емлеўханаға жатқарылғаннан кейин анаў яки мынаў көринисте жасалма дем алыўға туўра келген, 40 проценти болса өмирден көз жумған.

Илимпазлар пандемия дәўиринде баўырында машқала болған адамлардың өлими сезилерли дәрежеде артқанын атап өтпекте. Соның менен бирге 80 процент жағдайда бул адамлардың өмирден көз жумыўына баўыры емес, ал өкпесиниң кеселлениўи себеп болған.

 

ӨзА