Швецияның Tele2 телекомпаниясы бүгин, 25-май күни мобиль тармақтың жаңа әўлады-5G иске қосылғанын мәлим етти. Бул ҳаққында концернниң пресс-релизинде хабар берилди.

«Бүгин жүдә үлкен күн. Биз Швецияның Стокгольм, Гетеборг ҳәм Малмьё қалаларында биринши мәрте 5G тармағын иске қосамыз. Мен Швецияның бул бағдарда босаға ўазыйпасын өтеп атырғанынан оғада қуўанышлыман», деди Tele2 компаниясының баслығы Андрес Нильсон.

Жаңа технология 1 Гбит\с тезликте информация жеткериў тезлигин тәмийинлейди. Бул 4G әўладына қарағанда дерлик  4 есе жоқары дегени. Ҳәзирги ўақытта, бүгинги күндеги айланыстағы телефонлардың айырымлары жаңа әўлад мобиль байланысынан пайдаланыў имканиятына ийе емес. Тек ғана шексиз интернеттен пайдаланып атырған Tele2 қарыйдарлары автоматикалық түрде   5Г тармағына жалғанады, деп хабар бермекте qalampir.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.