Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы фракциясы ағзасы Руслан Джумамуратовтың басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик қаржы қадағалаўы, Ғазнашылық ҳәм Бюджеттен тыс пенсия қоры басқармалары басшыларының жәрдеминде Нөкис қаласындағы жалғыз жасайтуғын кекселер ҳәм майыплығы болған 120 пуқараға улыўма 10 миллион сумлық азық-аўқат өнимлери жеткерип берилди.

Хабарыңыз бар, усы жылдың 22-апрель күни Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларының кескин кемейиўиниң алдын алыў мәселелерине арнап өткерилген видеоселектор жыйналысында халқымыздың жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекетин жолға қойыў басламасы билдирилген еди.

Сондай-ақ, мүбәрек Рамазан айында мүтәжлерге жәрдем бериў халқымызға тән пазыйлетлердиң бири болып табылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги